Соңғы жылларда мәмлекетимиздиң қоңсылас республикалар, соның ишинде, Қазақстан Республикасы менен саўда қатнасықлары еле де беккемленип, еки елдиң экономикалық раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизбекте.
Ҳәзирги ўақытта, Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қаракалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Казбек Артыковтың басшылығында қарақалпақстанлы исбилерменлер делегациясы Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында “Саўда үйи”н шөлкемлестириў ушын рәсмий сапарда болып турыпты.
Сапардың дәслепки күнинде Манғыстаў областы ҳәкиминиң биринши орынбасары Ербол Избергенов пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыў даўамында еки елдиң саўда экономикалық байланысларын беккемлеў, алдағы ўақытта жаңа жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша өз-ара сөйлесиўлер алып барылды.
Өз гезегинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қаракалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын жаратылған имканиятлар, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциялы туўралы мағлыўматлар берди.
Манғыстаў областында “Саўда үйи”ниң шөлкемлестирилиўи елимизде ислеп шығарылған ҳәм жетистирилген өнимлер ушын қоңсылас республикалардан турақлы қарыйдарларды табыўда ҳәм еки елдиң бирге ислесиўи ушын өз-ара қатнасықлардың беккемлениўинде әҳмийети үлкен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги