Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген қарақалпақ халқыныӊ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығына бағышланған “Айт сен Әжинияздыӊ қосықларынан” атамасында халық қосықлары атқарыўшыларыныӊ республикалық таӊлаўы болып өтти.
Таңлаўға республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан келген 18-35 жас аралығындағы 40 қа жақын талантлы қосық атқарыўшылары қатнасты. Таңлаўда қатнасыўшылары Әжинияз қәлемине тийисли болған қосықларынан жанлы ҳаўазда атқарып шықты. Олардыӊ талантларына таӊлаў режесине бола тәжирийбели төрешилер топары тәрепинен бақланып ҳәм баҳаланып барылды.
Таӊлаў жуўмағында биринши орынды Сапарбай Шерманов (Нөкис қаласы), екинши орынды Ислам Махаммадияров (Нөкис қаласы) ҳәм Ислам Зинатдинов (Төрткүл районы), ал, үшинши орынды Хайрулла Айимбетов (Нөкис қаласы), Камал Бийсенбаев (Нөкис қаласы), Ринат Юсуповлар (Қоӊырат районы) жеӊип алды. Сондай-ақ, таӊлаўда Гөззал Қәлимбетова (Қараөзек районы), Надира Караматдинова (Қараөзек районы), Азамат Елмуратов (Нөкис қаласы), Абдирахим ϴмирзақовлар (Нөкис қаласы) “Еӊ жақсы таӊланған қосық” номинациясы бойынша жеӊимпаз болды. Ал, Жеӊисбай Жақсыликов (Кегейли районы), Саидазим Қаржаўбаев (Мойнақ районы), Бахтияр Мадреймов (Нөкис қаласы), Нурлыбек Жақсымуратов (Хожели районы) ҳәм Сайёра Базарбаевлар (Қараөзек районы) таӊлаўда белсене қатнасқанлығы ушын Мәденият министрлиги тәрепинен “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды.
Таӊлаў жеӊимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги