Мәмлекетлик бажыхана комитетинде Орайлық бажыхана шөлкеминиң регионаллық статусы берилиўине бағышланған илаж болып өтти.

Онда Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери Кунио Микурия, Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкили Рауль Феликс Юнкера-Варела, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, және Россия Федерациясы бажыхана лабораторияларының ўәкиллери, Орайлық аппарат жеке қурамы және ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Ҳәзирги күнде Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бай тәжирийбеси, тиккелей Кунио Микурия басшылығы астында әмелге асырылып атырған унамлы өзгерислер ҳәм қолланылып атырған инновациялық басламалар шөлкеминиң абырайын және де жоқары дәрежеге көтермекте.

2019-жылы Кунио Микурияның Өзбекстанға болған сапарынан соң, Жәҳән бажыхана шөлкеми менен бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша тастыйықланған «Жол картасы»на муўапық Өзбекстанда бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2020-жылы Өзбекстанның сыртқы саўда тараўында халықаралық дәрежеде тән алынған ҳүжжетлер – Бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша Киото Конвенциясы ҳәм Ўақтынша алып кириў бойынша Стамбул Конвенциясына қосылғаны елимиздеги исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығының тартымлылығын және де арттырыўға хызмет етеди.

«Бир айна» бажыхана миллий системасын және де жетилистириў мақсетинде Жәҳән бажыхана шөлкемине ағза мәмлекетлердиң «Бир айна» системасын қолланыў бойынша стандартлары, әмелияты үйренип шығылды ҳәм әмелиятқа енгизилди.

Және бир мағлыўмат, Өзбекстан бажыхана хызметкерлери ушын Жәҳән бажыхана шөлкеминиң «Электрон бажыхана академиясы» және CLiKC (Бажыхана тәлийматы ҳәм оқыў системасы) электрон билимлендириў порталынан пайдаланыў имканияты жаратылды.

Буннан тысқары, Жәҳән бажыхана шөлкеми менен биргеликте Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Регионаллық кинология оқыў орайы кадрлар потенциалын арттырып бармақта.

Сондай-ақ, елимизде ТИР-карнет китапшалары тийкарында тасыўларды электрон рәсмийлестириўди нәзерде тутатуғын Е-ТIR жоқары сынаў тәризинде әмелиятқа енгизилди. Бул халықаралық жойбар бажыхана рәсмийлестириўин жеңиллетиў арқалы сыртқы саўданы жеделлестириў имканиятын берип, мине усы тәрепи менен барлық сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының мәплерине бирдей хызмет етпекте.

 Президентимиздиң 2021-жыл 10-сентябрьдеги «Бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм бажыхана хызмети уйымларының шөлкемлестириў структурасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы менен Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң бажыхана уйымларының улыўма шекленген штатлар саны шеңберинде Мәмлекетлик бажыхана комитети системасында айрықша юридикалық шахс статусына ийе Орайлық бажыхана лабораториясы шөлкемлестирилди.

Усы пәрманға муўапық, никотин сақлаўшы өнимлер ҳәм спиртли ишимликлер қурамын анықлаў, товарларды экспертизадан өткериў ҳәм сертификатлаў менен байланыслы болған басқа хызметлерди көрсетиў, нәшебентлик қураллар, психотроп затлар ҳәм басқа түрдеги криминалистлик суд экспертизаларын әмелге асырыў имканиятына ийе болды.

Бул реформалардың даўамы сыпатында, сондай-ақ, Орайлық Азия регионындағы лабораториялар арасындағы байланысларды беккемлеў, Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Орайлық Азиядағы потенциалын және де арттырыў мақсетинде Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Орайлық бажыхана лабораториясына Жәҳән бажыхана лабораториясына Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Регионаллық бажыхана лабораториясы статусы берилди.

Илажда Аңласылыў меморандумына қол қойыў мәресими болды. Бул статусқа ылайық деп тән алыныў, узақ мүддетли машақатлы мийнет нәтийжеси.

– Мәмлекетлик бажыхана комитети Орайлық бажыхана лабораториясын жәҳән стандартлары дәрежесине жеткериў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды,-дейди Орайлық бажыхана лабораториясы баслығының орынбасары Баҳром Даутов. – Лабораторияның барлық ханалары Жәҳән бажыхана шөлкеминиң стандартлары тийкарында жойбарластырылған ҳәм қурылған, қәўипсизлик қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда жумыс алып барылады. Жетекши ислеп шығарыўшылардың ең заманагөй жоқары технологиялық, жоқары анықлыққа ийе үскенелери менен тәмийинленген. Орайлық бажыхана лабораториясын халықаралық «ISO 17025-2019» стандарты талапларына сәйкеслиги анықланып, тийисли аккредитация гүўалығы берилди.

Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Орайлық бажыхана лабораториясына регионаллық бажыхана лабораториясы статусын берилиўи бажыхана уйымларының фискал функцияларын әмелге асырыўды жетилистириўде өз нәтийжесин береди.

 

Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,
ӨзАның хабаршысы