«Өзбекстан темир жоллары» АЖ 2024-жыл 1-декабрьден жергиликли қатнаўдағы вагонлар арқалы жүк тасыў тарифлерин асырады.
Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызмети хабар берди. Атап өтилгениндей, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен көрсетилип атырған жүк тасыў хызметлеринде вагон бөлимине байланыслы қәрежетлер артқан.
Бул қәрежетлердиң айырым бөлеклерин қаплаў ҳәм жүк вагон паркин жаңалаў мақсетинде 2024-жыл 1-декабрьден жергиликли қатнаўда акционерлик жәмийетине тийисли (инвентар) вагонларда жүк тасыў тарифлери вагон түринен (универсал, арнаўлы ҳәм цистерна) келип шығып, тариф ставкаларындағы вагон бөлими 30 процент муғдарында асырылады, делинеди хабарда.
Мағлыўмат ушын, «Өзбекстан Республикасы темиржол транспорты тараўын реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық, 2024-жылы 1 –январьдан баслап жүк вагонлары ҳәм контейнерлерди көрсетиў хызметлери тарифлерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў әмелиятынан ўаз кешиў, оларды базар принциплери тийкарында тәртипке салыў механизмине өтиў әмелге асырылмақта.
ӨзА