Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы турақлы ўәкили Акико Фужии менен ушырасты.

Мийманға Омбудсманның тийкарғы жумыс бағдарлары, соның ишинде, халық пенен жолға қойылған сөйлесиў ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз-ара сөйлесиў даўамында Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)  ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте өткерилиўи режелестирилип атырған жойбарлар додаланды.

А.Фужии жаслар ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәр ким екинши имканиятқа ийе ҳәм өмирин жаңадан баслаўға ҳақлы екенинен келип шығып, жаза мүддетин өтеп, еркинликке шыққан жаслар ушын жойбарлар, арнаўлы курслар шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, Омбудсман институты менен бирге ислесиўди даўам еттириўге қызығыўшылық билдирилди. Жаслар арасында жынаятлардың алдын алыўға қаратылған жойбарлар үстинде жумыс алып барыў да әҳмийетли екени талқыланды.

  ӨзА