Соңғы ўақытлары қуяш активлиги сезилерли дәрежеде артқаны себепли, магнит боранлары ҳаққында көп еситпектемиз. Бул жағдай Қуяштың тәбийғый 11 жыллық цикли менен байланыслы болып, ҳәзирги ўақытта жоқары активлик басқышына жетип келмектемиз. Бул дәўир даўамында Қуяштан жоқары энергиялы бөлекшелер шығыўы ҳәм жарылыўлар көбейеди, бул болса Жердиң магнит майданына тәсир етеди ҳәм магнит боранларын келтирип шығарады.

Магнит боранлары айырым адамларда бас аўырыўына алып келиўи, электрон қурылмалар болса, әсиресе, жасалма жолдаслар ҳәм байланыс системаларына зыян жетиўи мүмкин.

2019-жылы басланған Қуяш циклиниң ең жоқары ноқаты 2025-жылы бақланады. Буннан соң қуяш активлиги төменлей баслайды ҳәм магнит боранлары да азаяды.

Видео ҳәм иллюстрацияларда Қуяшта жүз беретуғын жарылыўлар ҳәм олардың тәсирин көриўиңиз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги