Ташкент қаласында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте «Жаңа социаллық шәртнама: Европа ҳәм Орайлық Азия кәсиплик аўқамлары нәзеринде» темасында халықаралық конференция өткерилди.

Онда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген экспертлер, кәсиплик аўқамларының басшылары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Конференция даўамында қатнасыўшылар Европа ҳәм Орайлық Азия регионларында социаллық әдилликти тәмийинлеў, мийнет базарында турақлылықты сақлаў ҳәм хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғаў сыяқлы мәселелерди додалады. Сондай-ақ, технологиялық раўажланыў ҳәм санлы трансформация шараятында жаңа социаллық шәртнамалар қандай болыўы керек екенлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Соның менен бирге, «Технологиялық өзгерислердиң тәсири» темасында панел пикирлесиў шөлкемлестирилди. Шерзод Шерматов «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясының әҳмийети ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында мағлыўмат берди. Министр санлы трансформацияның экономикаға тәсири ҳәм жаңа технологияларды қолланыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыўына қандай жәрдем бериўи ҳаққында айтты.

Бул илаж технологиялар ҳәм социаллық шәртнамалардың жәмийеттеги орны ҳаққында әҳмийетли пикирлер билдириўге жәрдем береди. Қалаберди, мәмлекеттиң санлы ҳәм социаллық раўажланыўына хызмет ететуғын жаңа басламалар енгизиўге тийкар жаратады.

Н.Раҳмонова, ӨзА