Мәмлекетимизде кең көлемде белгиленип атырған «Кеңпейиллик ҳәптелиги» жасы, миллети, кәсибине қарамастан, барлық миллет ҳәм елат ўәкиллери ушын өзине тән байрам сыпатында есте қалмақта.

Усы ҳәптелик илажларында Ташкенттеги “Свiтанaк” беларусь миллий мәдений орайының ўәкиллер де белсене қатнаспақта.

– Өзбекстан көп миллетли, конфессиялы, адамлары түрли тиллерде сөйлесетуғын мәмлекет, – деди Ташкенттеги “Свiтанaк” беларусь миллий мәдений орайының баслығы Галина Татаренко. – Бизиң турмысымыз, тәғдиримиз усы муқаддес үлке менен үзликсиз байланысып кеткен. Өмир жолымызды Өзбекстаннан бөлек көз алдымызға келтире алмаймыз.

Теберик өзбек үлкесинде ертеден түрли миллет ҳәм елат ўәкиллери бирден-бир, татыў шаңарақ перзентлериндей жасап келмекте. Балалығымда мектепте чуваш, мордвин, татар, қазақ ҳәм басқа көплеген миллет ҳәм елат балалары менен биргеликте билим алатуғын едик. ол ўақытта да, ҳәзир де мектепте, мәҳәлледе, улыўма ҳеш жерде, ҳеш қашан миллет ажыратпаған. Бул өзбек халқының миллий тәбиятындағы ең уллы пазыйлет болса керек.

Бизиң орайымыз да өз жумысы даўамында дослық, татыўлық, бирликти тәмийинлеўге үлкен итибар қаратпақта.

Өзбекстанда көплеген диний конфессия ўәкиллери бар. Бул жерде саўлатлы мешитлер менен бирге, рус ширкеўи, поляк, немис, еврей ҳәм басқа миллетлер ушын ибадатханалар бар. Улыўма алғанда, өзбеклер оғада ашық кеўил, меҳрибан, миймандос халық. Өзбек үлкесиндеги мийримли, өз-ара татыў ҳәм бирлик орталық елимиздеги тынышлықтың тийкарғы факторы болып есапланады.

Бизде ҳеш қашан Өзбекстаннан кетиў нийети болмаған. Әзиз үлкемизге келген мийманлар бул жердеги қызғын ҳәм дослық, мийримли орталықтан таң қалады.

Орайымыз 1993-жылы шөлкемлестирилген. “Свiтанак” өзбек тилинде «Таң» дегени. Орайымыз тәрепинен дослық фестивальлары, түрли дөретиўшилик-музыкалық кешлер, таңлаўлар, китапханлық байрамлары, викториналар турақлы өткерилип келинеди. Наўрыз, Ғәрезсизлик сыяқлы байрамлар биз ушын да оғада қәдирли.

Өткен жылы миллий мәдений орайымыз шөлкемлестирилгенине 30 жыл толды ҳәм биз бул сәнени республикалық көлемде белгиледик. Бул болса мәмлекетимиздеги ҳәр бир миллий мәдений орай Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң турақлы итибары ҳәм қамқорлығында екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

Назокат Усмонова, ӨзА