Иранның Өзбекстандағы елшиси Муҳаммад Али Искандарий ҳәм журналистлер арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Муҳаммад Али Искандарий бир қатар халықаралық сиясий мәселелерге тоқталды. Атап айтқанда, Израиль ҳәм Батыс мәмлекетлериниң халықаралық қарама-қарсылықларға тәсири, буған мусылман мәмлекетлериниң позициясы, сондай-ақ, Америкадағы сайлаўлар, Иран ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўи ҳәм басқа мәселелер ҳаққында пикир билдирилди.

Елши саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳаққында айтар екен, Иран Өзбекстан ушын ең арзан ҳәм ең қысқа транспорт коридоры болатуғынын атап өтти.

— Айырым Иран товарларын мүнәсип баҳаларда ҳәм жоқары сапаларда Өзбекстан ушын жеткерип бериў имканияты бар, – дейди Муҳаммад Али Искандарий. – Иран базары да Өзбекстанда ислеп шығарылған товарларға қызығыўшылық пенен қарайды.

Биз дерлик барлық түрдеги аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарамыз. Мысалы, өткен жылы 40 мың дана трактор ислеп шығардық. Биз бул техникаларда мүнәсип баҳалар ҳәм жоқары сапада Өзбекстанға жеткерип бере аламыз. Сондай-ақ, медицина, медицина үскенелери ҳәм медициналық хызметлер тараўында жетекши мәмлекетлер қатарына киремиз. Өзбекстан менен хирургия ҳәм рак кеселлигин емлеў тараўында бирге ислесиўге таярмыз.

ӨзА