Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Бакуда  болып өткен  Климат өзгериўи бойынша дөгерек конвенция (COP29) қатнасыўшылары конференциясы сессиясы шеңберинде шөлкемлестирилген жоқары дәрежедеги ушырасыўда әдилликли ҳәм теңлик тийкарында энергия алмасыўын тәмийинлеў мәселесин де көтереди. Оның атап өтиўинше, структура усы машқаланы шешиў бойынша айрықша шуғылланбақта.

– Қайта тикленетуғын энергия кризиси оғада тез күшеймекте ҳәм бул процессте әҳмийетли минераллар тийкарғы орын тутады, – деди БМШ баслығы. – Өткен жылы  электр тармағы ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерине бағдарланған инвестиция муғдары биринши мәрте қазып алынатуғын жанар майға жумсалған қаржыдан артты. Мәмлекетлер  2030-жылға барып усы парқты және үш есе арттырыўды мақсет еткен. Усыған сәйкес түрде енди әҳмийетли минералларға талап артатуғыны тәбийғый жағдай. Бул ресурсларға бай раўажланып атырған мәмлекетлер ушын жақсы имканият.

Гутерриш глобал ресурслардан пайдаланыў мәселесине де  тоқтап өтти:

– Жәмәәтлер эксплуатация етилмекте, хуқық  бузылмақта ҳәм қоршаған орталық ўайран болмақта. Раўажланып атырған мәмлекетлер баҳа шынжыры түбине түспекте, айырымлар болса өз ресурслары артынан байымақта.

Атап өтилиўинше, БМШ жәмийетшиликти беккемлеў, жуўапкершиликти арттырыў жолы менен таза энергиядан әдилликли пайдаланыўды тәмийинлеўге ҳәрекет етпекте. Энергияны конвертация етиў ушын әҳмийетли минералларға талап артқаны сайын, ҳәрекетлер де күшейиўи керек. Таза энергия пайда болыўы менен әҳмийетли минералларға  мүтәжлик артады.

Халықаралық  энергетика агентлиги (ХЭА) басшысы Фатиҳ Бирол да  климат машқаласы ҳәм экономикалық бәсекиге шыдамлылық сыяқлы факторлар тәсиринде таза энергияға өтиў процеси  көпшилик күткенинен тезрек өтип атырғанын атап өтти. Ол электр энергиясына талап артып атырғаны себепли, көмир заманына нефть ҳәм тәбийғый газ дәўирине, енди  болса электр энергиясы әсирине өтилип атырғанын атап өтти.

– Соңғы он жыл ишинде дүньяда электр энергиясына талап энергияның басқа түрлерине қарағанда еки есе көп күшейди, – дейди Бирол. – Кейинги 10 жыл ишинде бул өсиў және алты есе  тезлести. Бул электр транспорт қураллары, таза энергия  дереклери ҳәм ысытыў-суўытыў системасынан пайдаланыў арттыўы нәтийжесинде жүзеге  келетуғын  талапты қанаатландырыў керек екенлигин аңлатады.

ХЭА жетекшисиниң атап өтиўинше, таза энергияға мүтәж ҳәм әҳмийетли минералларға талапты  аңлатады. Таза энергия тәмийнаты шынжыры дәстүрли  альтернатив жолға қарағанда оғада қурамалы. Соның ушын ҳәзирги мәселе дурыс ҳәм әдилликли базарды қәлиплестириў айрақша итибарды талап етеди.

Сонлықтан, раўажланып атырған мәмлекетлер әҳмийетли пайдалы қазылмаларға келеси талапты көрип шығыў ҳәм саўда келисимлерин усыған сәйкес түрде дүзетиўге шақырылды.

Яғный, бул процессте шийки затты жергиликли шараятта тазалаў ҳәм қайта ислеў белгили бир ресурсларға ийе раўажланып атырған мәмлекетлер ушын жақсы ғана имканият екенлиги атап өтилди.

Г.Сатторова, ӨзА