«Адвокатлық структуралары тәрепинен статистикалық мағлыўматларды усыныс етиў тәртиби ҳаққында» реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди, деп хабар берди министрликтиң «Ҳуқықый ахборот» телеграм каналы.
Атап өтилиўинше, жумыс ислеп атырған адвокатлық структуралар тәрепинен статистикалық мағлыўматлар ҳәр бир есабат дәўири ушын усыныс етилген.
Адвокатлық структурасының басшылары тәрепинен статистикалық мағлыўматлар «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасы арқалы адвокатлық структурасы жайласқан орындағы Адвокатлар палатасының аймақлық басқармасына биринши есабат дәўири ушын 10-июльге шекем, екинши есабат дәўири ушын келеси жылдың 10-январына шекем усыныс етиледи.
Адвокат адвокатлық структурасынан шыққан жағдайда, оның адвокатлық струткурасынан шыққанына шекем әмелге асырылған жумысына байланыслы статистикалық мағлыўматлар усыныс етиўи керек.
Адвокатлар палатасы аймақлық басқармасы тәрепинен статистикалық мағлыўматлар Система арқалы автомат түрде улыўмаластырылады ҳәм ҳәр бир есабат дәўири жуўмақланғаннан соң келеси айдың 15-сәнесинен кешиктирмей Адвокатлар палатасына жибериледи.
ӨзА