Бразилияда болып өткен «Глобал Қубла» медиа-форумы шеңберинде «Дунё» МА директоры Омонулла Файзиев Қытайдың «Синьхуа» мәлимлеме агентлиги президенти Фу Хуа менен ушырасты.
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң «Дунё» мәлимлеме агентлиги директоры Омонулла Файзиев Бразилияның Сан-Паулу қаласында болып өткен «Глобал Қубла» ғалаба хабар қураллары ҳәм аналитикалық орайлары форумында қатнасты, деп хабар берди «Дунё» МА.
Атап өтилиўинше, сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Қытай арасында барлық тараўларда раўажланып атырған стратегиялық шериклик байланысларын кең жәмийетшиликке жеткериў, атап айтқанда, мәлимлеме агентликлери арасында жедел мәлимлеме алмасыўларды жолға қойыў мәселелери ҳаққында пикир алысылды.
«Тәреплер «Дунё» МА ҳәм «Синьхуа» МА арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойыўҳаққында келисип алды», делинеди хабарда.
«Дунё» МАға бола, форумда дүньяның 70 мәмлекетинен 170 ғалаба хабар қуралларының 350 эксперти ҳәм журналистлери қатнасқан.
Әнжуманның мақсети мәдений алмасыў ҳәм бирге ислесиў платформасын жаратыўдан ибарат.
Илаж «Синьхуа» мәлимлеме агентлиги (Қытай) ҳәм Бразилия коммуникациялар агентлиги сыяқлы дүньяда жетекши медиа компаниялары тәрепинен шөлкемлестирилген.
ӨзА