Баку қаласында өткерилип атырған БМШ Климат өзгериўи ҳаққындағы конвенциясы Тәреплер конференциясының 29-сессиясы (COP29) шеңберинде Өзбекстан Миллий павильонында Түркий мәмлекетлер шөлкемине (ТМШ) ағза мәмлекетлер қоршаған орталық ҳәм экология бойынша жуўапкер министрлериниң биринши мәжилиси болып өтти.

Илажда ТМШ Бас хаткери, CОP29 президенти Кубаничбек Омуралиев, Әзербайжан Республикасы Экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри Мухтор Бабаев, Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов, ТМШға ағза мәмлекетлердиң қоршаған орталықты қорғаў министрлери қатнасты.

ТМШға ағза мәмлекетлер арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, экология ҳәм климат өзгериўи, сондай-ақ, СОР29 ҳәм UNFCCC сөйлесиўлеринде түркий мәмлекетлердиң даўысын беккемлеў ҳәм бирлестириў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда экологиялық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша алдағы имканиятлар ҳәм усыныслар талқыланды.

Сәўбетлесиў соңында ТМШ қоршаған орталық ҳәм экология бойынша жуўапкер министрлердиң биринши мәжилиси Декларациясына қол қойыў мәресими болып өтти.

ӨзА