Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы Қураны Кәримниң шебер аўдармашы Мырза Кенжабек тәрепинен аўдарылған «Анворул-Қуръон: «Файзул-Фурқон» атлы жетинши аўдармасын басып шығарды.

Академик Акмал Саидов бул жаңа аўдарма ҳаққындағы пикир-усынысларын мақаласы арқалы билдирген.

Мақалада елимизде Қураны Кәрим мәнилерин түсиниў ҳәм оны дурыс түсиниў жолында алып барылып атырған ийгиликли жумыслар, исенимли аўдармалардың көбейип атырғаны адамды қуўандыратуғыны атап өтилген.

«Қуранның дүньядағы ҳәр қыйлы көплеген тиллерге аўдарылыўы уллы мәдений-ағартыўшылық ҳәдийсе болып есапланады. Қураны Кәрим дүньяның 250 ден артық тиллерине көп мәрте тәкирар-тәкирар аўдарылған. Соның ишинде, инглис тилинде 120 ға шамалас, француз тилинде 120 дан артық аўдармалары бар. Сондай-ақ, рус тилинде 20 дан аслам, латын, испан, немис ҳәм басқа тиллерде де көплеген аўдармалары бар. Бул аўдармалардың айырымлары белгили бир тилде сөйлесетуғын мусылманлар ушын мөлшерленген болса, айырымлары болса мусылман болмаған шығыстаныўшы қәнигелер ҳәм кең оқыўшылар ушын басып шығарылған. Айырым аўдармалар қызығыўшылық ҳәм үйренип көриў нәтийжесинде пайда болған болса, айырымлары дослық мақсетинде – шын кеўилден терең исламий исеним нәтийжесинде пайда болған,»-дейди академик Акмал Саидов.

Мақалада мәлим етиўинше, 2004-жылы Өзбекстанда Қураны Кәрим көзи әззилер ушын бөртпе ҳәриплерде, яғный Брайль жазыўында – айрықша кирис китабы менен басып шығарылды.

Бул басылым өзиниң жоқары сапасы, бийтәкирар көриниси менен оқыўшыға қызығыўшылық бағышлайды.

Соны атап өтиў керек, дүньяда Қураны Кәримниң брайлша түри Египет Араб Республикасы ҳәм Тунис мәмлекетлеринен соң үшинши болып басып шығарылды.

Акмал Саидов мақала даўамында «Анворул-Қуръон: «Файзул-Фурқон» бойынша Мырза Кенжабек аўдармасының өзине тән өзгешеликлерин де санап өткен.

Н.Усмонова,

ӨзА