Аралбойының барлық аймақларында болғаны сыяқлы Бозатаў районында да кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.

Бир қанша жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылып, және бир қатар социаллық, мәдений, экономикалық объектлерде қурылыс ҳәм қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қурылысшылардың күш-ғайраты менен, усы күнге шекем имаратта темир-бетон орнатыў, гербиш өриў, ыссылық, электр-монтажлаў, ишимлик суў линияларын тартыў ҳәм сыбаў жумыслары жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта ишки дийўалларды безеў, есик ҳәм айналарды орнатыў, имараттың әтирапын абаданластырыў сыяқлы жумыслар орынланбақта. Жаңа имарат тез күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.

photo_2020-07-22_16-47-49 (2).jpg

photo_2020-07-22_16-47-49.jpg

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери, ӨзА