Кеше Қатар пайтахты Доха қаласындағы «Халифа» стадионында футбол бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилип атырған Азия кубогиниң ярым финал ойынлары болып өтти.
Бул ярым финаллардың дәслепкисинде Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан олимпия сайланды командасы турнир дебютанты Индонезия сайланды командасы менен ушырасты ҳәм 2:0 есабында жеңиске еристи.
Оғада кескин беллесиўлерге бай болған ушырасыўдың 68-минутында Муҳаммадқодир Ҳамралиевтың оң қанаттан узатқан тобын, шеберлик пенен анық жоллаған Хусайн Норчаев ойындағы есапты ашыўға еристи.
Буннан кейин Индонезия сайланды командасы ағзалары футболшыларымызға бир қатар қопаллықлар иследи ҳәм ушырасыў төрешиси тәрепинен бир неше мәрте сары карточка менен жазаланды. Нәтийжеде усындай қәўипли ҳәрекети себебинен, Индонезия сайланды командасының футболшысы Рамадани командамыз сәрдары Жасурбек Жалолиддиновке ислеген оғада қопал ҳәрекети ушын қызыл карточка алып, майданды тәрк етти.
Бундай үстинликтен нәтийжели пайдаланған командамыз ағзалары тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм ушырасыўдың 86-минутында ойындағы есапты 2:0 ге жеткерди.
Бул голдан кейин де индонезиялы футболшылар Өзбекстан сайланды командасы тәрепке бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Лекин, ушырасыўда есап өзгерместен қалды ҳәм Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан U-23 сайланды командасы елимиз тарийхында туңғыш рет Париж Олимпиадасы жолламасын қолға киргизди.
Ал, Ирак ҳәм Япония сайланды командалары арасында өткерилген екинши ойында болса, күншығыс елиниң футболшылары 2:0 есабында жеңиске еристи ҳәм финал жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги