Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги 2024-жылдыӊ 1-шереги даўамында мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары нәтийжелилике ерисип атырған жаслар жетекшилериниӊ ТОП-100 рейтингин жәриялады.

Бул рейтинг нәтийжелери Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “ Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып орынларда өз мийнетин толық көрсетиў тийкарында мәмлекетимиздиӊ тийисли ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын сапалы ҳәм жоқары дәрежеде орынлағанлығына қарап жаратылған делинген агентлик хабарында.

Бул рейтинг нәтийжелери ҳәр шеректе жаӊаланып барылатуғыны нәзерде тутылған.

Бул жаслар жетекшилери бүгинги күни мәмлекетимиздиӊ мәҳәлле системасында өз потенциалы, ғайраты ҳәм жаратып берилген имканиятлардан толық пайдаланып, бәркамал әўлад  ўәкиллериниӊ ҳақыйқый жетекшиси болып мийнет етип атырған Жаӊа Өзбекстанныӊ жаӊа табысларына қол-қанат әўлад деп атаў мүмкин.

Еӊ әҳмийетлиси, жаслар жетекшилериниӊ ТОП-100 рейтингинен орын алғанлар ертенги күн ийелери менен ислесиўдиӊ жаӊаша басқарыў механизмлерин енгизиў, мүнәсибет ҳәм излениўлердиӊ вертикал системасын жаратыўға бас-қас болмақта.

Жаслардыӊ машқалаларын тикклей мәҳәллелерде шешиў, блилимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардыӊ нәтийжелилигин тәмийинлеў әмелге асырылған жумысларда өз көринисин таппақта. Бол болса ўатанныӊ раўажланыўы ҳәм дүнья жәмийетшилигинде Өзбекстан жасларыныӊ өз орны, өз даўысы бар екенинен бир дәрек болып табылады.

Т. Рўзиев, ӨзА