Тақыятас районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жиззақ ўәлаятына сапары даўамында Сайхунабад районының қыйтақ жерлерден пайдаланыў тәжирийбесин енгизиў бойынша «Бир мәҳәлле-бир өним» басламасын енгизиў бойынша семинар өткерилди.
Семинар Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Дийқан фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Агрохимиялық анализ орайы ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди. Семинарға тараў басшылары ҳәм қәнигелери, аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары хызметкерлери, қыйтақ жер ҳәм басқа да жерден пайдаланыўшылар қатнасты.
Өткерилген илажда тийкарынан қыйтақ жер ийелери ҳәм экспортқа өним шығарыўшы жерден пайдаланыўшылардың егислик майданларында өним жетистириў ушын жерди егиске таярлаў, агрохимиялық анализден өткериў, минерал ҳәм органикалық төгинлерди илимий тийкарланған ҳалда қолланыў, егинди зыянкеслерден ҳәм кеселликлерден қорғаў, агротехника илажларын өз ўақтында өткериў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен ҳәр тәреплеме кеңнен түсиниклер берилди.
Илажға Өзбекстан Республикасы агрохимиялық анализ орайы директорының биринши орынбасары М. Машарипов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги