Франция мәмлекетинде жайласқан «Les’amis de’Ouzbekistan» (Өзбекстанныӊ Франциядағы дослары) ассоциациясы Нөкис районы орайласқан емлеўхананыӊ балалар бөлиминде балалардыӊ ойнаўы ушын арнаўлы ьөлмешөлкемлестириў усынысы менен шықты.

Бундағы мақсет, балалардыӊ тезирек саўалып кетиўи ушын имканиятлар жаратыў болып табылады. Балаларға арналған бөллмениң оӊлаў жумыслары әмелге асырылып,  ишинде  жумсақ мебельлер, телевизор, ойыншықлар, сүўретли китаплар менен тәмийинленип,  бийғәрез жәрдем сыпатында исленди.

Балалар бөлмесиниң ашылыўына ассоциация директоры А.Бекимбетова, район ҳәкиминиӊ орынбасары Қ.Моятдинов, Нуранийлар Кеӊеси баслығы Ж.Қайповлар қатнасты. Илаж даўамында А.Бекимбетова, З.Қылышева ҳәм Д.Хожаниязовларға район ҳәкимлигиниӊ «Миннетдаршылық хаты» тапсырылды. Мағлыўмат ушын, А.Бекимбетова ҳәм З.Қылышевалар бул жойбардан алдын Қарақалпақстандағы онкологиялық кеселликлер менен аўырған балалардыӊ химия терапия алыўына қәрежет жағынан да жәрдем берип келгенлигин атап өтиўимиз керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги