Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Азия ҳаял-қызлар форумында қатнасыў ушын елимизге әмелий сапар менен келген Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ)ниң Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ушын бюросы регионаллық директоры Беате Андреес пенен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Сенаттың рәсмий сайтында жәрияланды.

Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери, соның ишинде, мийнет нызамшылығын жетилистириў, халықаралық мийнет стандартларын енгизиў, мийнет базары ҳәм социаллық қорғаў системасын беккемлеў бағдарындағы режелер көрип шығылды.

Сондай-ақ, ХМШның усы жылдың июнь айында өткерилетуғын халықаралық мийнет конференциясында Өзбекстан ўәкиллериниң қатнасыўы мәселеси додаланды.

Ушырасыўда Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Жильбер Унгбоның Өзбекстанға күтилип атырған сапары бағдарламасы шеңбериндеги илажлар бойынша да келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги