Нөкисте усы жыл 13-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, республикалық Балалар китапханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген “Жаслардың руўхый санасын қәлиплестириўде китапхананың орны” атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда республикалық балалар китапханасының директоры З.Сейтниязова, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары М.Шлымбетова, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының әдебий консультанты, Қ.Айымбетов атындағы “Халық даналығы” фольклор клубының жетекшиси С.Әмирлан, Өзбекстан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының кафедра баслығы М.Худайбергенова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Мәлимлеме-ресурс орайының бөлим баслығы З.Қайыпназарова  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, китапханалардың тарийхы, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўдың айырым әҳмийетли мәселелери, жаслардың санасын қәлиплестириўде китапханалардың орнына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  китапхана руўхый азық дүрданалары орайы, онда сақланып атырған китаплардың инсан турмысында әҳмийети уллы. Себеби китап халқымыздың миллий мийрасларына мақтаныш сезимин оятатуғын, китапқа болған меҳирди, сүйиспеншиликти арттыратуғын билим ҳәм тәрбияның дәреги болып есапланады.  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен 2024-жылы өткерилетуғын илажлар бойынша тастыйықланған “Жол картасы” тийкарында билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасы тийкарында республикамыз көлеминде китапқумарлыққа байланыслы “Китаплар байрамы” фестивалын, “Халықаралық балалар китабы” күни байрамын,  “Жаслардың руўхый санасын қәлиплестириўде китапхананың орны” атамасында илмий-әмелий конференция өткериў режелестирилген еди.

Илажда китапханалардың жумысын еле де жетилистириў, оларға халқымызды, соның ишинде, жасларымызды көбирек тартыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысыўлар болды.


 

Қатнасыўшылар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери