24-июнь күни  Көксарай резиденциясында елимизде  мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Монғолия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухты рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция жанындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын  күтип алды ҳәм минберге  мирәт етти. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиў мәресиминен соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.

                                                                                                                          ӨзА