Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ)не ағза мәмлекетлердиӊ инсан ресурсларын раўажландырыўға жуўапкер уйымлары басшыларыныӊ үшинши мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги директорыныӊ биринши орынбасары А.Мусаев қатнасты.

Қазақстан Республикасы Мәмлекетлик хызмет жумыслары бойынша агентлигинде өткерилген мәжилис шеӊберинде ТМШға ағза мәмлекетлерде 2023-2024-жыллары инсан ресурсларын басқарыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жаӊалықлар таныстырылды.

Өзбекстанда мәмлекетлик пуқаралық хызметин раўажландырыў тараўында ерисилип атырған табыслар халықаралық жәмийетшиликке жеткерилди.

Презентацияда мәмлекетлик хызметке кирисиўде меритократия ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша ашық таӊлаў системасы енгизилгени, мәмлекетлик хызмет ҳәм инсан ресурсларын басқарыўды санластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны айтып өтилди.

Мәжилис шеӊберинде еки тәреплеме сөйлесиўлерде өткерилди. Қазақстан Республикасы Мәмлекетлик хызмет жумыслары бойынша агентлиги менен 2024-2025-жыллар ушын илажлар режеси белгиленди.

Түркия Республикасы Инсан ресурслары офисиниӊ директоры С.Атай менен сөйлесиўде Өзбекстан-Түркия Ҳүкиметлераралық комиссиясыныӊ 7-мәжилиси “Ҳәрекетлер режеси”нде белгиленген илажларды әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова,

ӨзА