Халқымыз бийкарға пал ҳәрресин «Жети ғәзийнениң бири» деп атамайды. Ҳақыйқаттан да, бул жәнликтиң пайдалы тәреплери оғада көп. Оның палы,  прополиси, гүлшаңы көплеген келселликлерге ем сыпатында буйырылады. Пал ҳәрреси өсимлик гүлин шеттен шаңландырыў нәтийжесинде оларды саламатландырыў ҳәм жоқары өнимдарлы сортларды пайда етиўге шараят жаратып, олардың өнимин белгили дәрежеде арттырады. Соңғы гезлери пал ҳәрресин бағып, шыпалы өнимди жетистирип атырғанлар арамызда көпшиликти қурамақта.

Нураддин Халилаев  Тақыятас районының «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасайды. Ол 1984-жылдан берли пал ҳәрресин бағыў менен шуғылланып келмекте.

-Дәслепки ўақытлары шаңарағымыз ушын 4,5 қуты пал ҳәрре баққан болсам ҳәзир қутылар саны жүзден асты. Пенсияға шыққаннан соң бул өнер менен шынтлап шуғыллана басладым. Шаңарағымыз бенен бәримиз бул өнимнен пайдаланып келмектемиз. Көплеген кеселликлерге ем есапланған өнимге халықтың да талабы күшли екенлигин көрип, қутылар санын көбейтип бара бердим. Пал өними аяз, кемқанлық кеселликлерге ем болыўы менен бирге иммунитетти де көтереди. Тәбият жақсы шире берип турса жылына 4-5 рет, бир ҳәптеде яки он күн ишинде пал жыйнап алыўға болады,-дейди ол.

Нураддин ата дийқаншылық пенен де шуғылланып, үй алды қыйтақ жеринде 20 сотых жер майданға ҳәр түрли овощ-палыз, мийўе дарақларын егип қойыпты. Писип жетилискен өнимлерди шаңарағы менен пайдаланып, аўысқанын базарға шығарып сатып дәрамат алмақта.


 

-Адам ҳеш қашан мийнеттен қашпаўы керек. Мийнет еткен адам кем болмайды. Ҳәрекетте болыў ҳәм денсаўлыққа пайдалы, ҳәм пайдалы жумыслар нәтийжесинде шаңарағыңа пайдаңды тийгизесең,- дейди ол жасларды мийнетсүйиўшиликке шақырып.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги