Әдиллик министрлигинде “Өзбекстан– Европа Аўқамы” әдиллик, прокуратура, ишки ислер, инсан ҳуқықлары ҳәм тийисли мәселелер бойынша киши комитетиниӊ 20-мәжилиси болып өтти.

Бас прокуратура атынан Социаллық тараўда нызамшылықтыӊ орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы баслығыныӊ орынбасары Б.Аҳмедов ҳәм Пуқаралардыӊ ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бөлими прокуроры Ш.Тухташов қатнасты.

Мәжилисте Европа Аўқамы ўәкиллери менен гендер теӊлиги ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықлары, инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлиги тараўында халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен көп тәреплеме форумларда бирге ислесиў, Улыўма преференциялар бас системасы (GSP+), пенитенциар системаны раўажландырыў, қыйнаўлардыӊ алдын алыў, ҒХҚ ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллериниӊ ҳуқықларын қорғаў, дин ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар, суд-ҳуқық реформалары ҳаққында сөйлесиўлер алып барылды.

Европа Аўқамы ўәкиллери тәрепинен кейинги жыллары Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар тән алынып, усы бағдардағы рефомаларды ҳәм бирге ислесиўди даўам етиў ҳаққында усыныс билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА