Өзбекстан делегациясы C5+1 конференциясы шеӊберинде қытайлы кәсиплеслери менен аэронавигация тараўында бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги хабар берди.

Атап өтилиўинше, Сиан қаласында Өзбекстан делегациясыныӊ Орайлық Азия ҳәм Қытай пуқаралық авиациясы жумысшы топарларыныӊ (C5+1) өз-ара  бирге ислесиўи бойынша конференцияға қатнасыўы шеӊберинде “Өзаэронавигация” Орайы ДУК ҳәм Қытай ҳаўадағы ҳәрекетти басқарыў бюросы (АТМБ) арасында еки тәреплеме ушырасыў болып өтти.

“Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан аэронавигация хызметлери провайдери тәрепинен, ҳаўадағы ҳәрекет маршрутлары тармағын халықаралық “Бир мәкан, бир жол” басламасы тийкарында оптималластырыў тараўындағы бирге ислесиўди әмелге асырыў, хызметкерлерди таярлаў мәселелери бойынша өз-ара биргеликте жумыс алып барыў, ҳаўадағы ҳәрекетти басқарыў, пәрўазларды радиотехникалық жақтан тәмийинлеў ҳәм пәрўазлардыӊ қәўипсизлигин басқарыў тараўларында өз-ара тәжирийбе алмасыў бойынша бир қатар усыныслар алға қойылды”, — делинеди хабарда.

Айтылыўынша, Қытай делегациясы берилген усынысларды қанаатланыўшылық пенен қабыл етти. Өз гезегинде шөлкемлер арасында тек көрип шығылып атырған мәселелер емес, ал инженерлик, спорт ҳәм мәденият мәселелери бойынша да тығыз бирге ислесиўден мәпдар екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер усы мәселелер бойынша экспертлер дәрежесинде муўапықластырыўды даўам етиўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги