Бүгинги күни мәмлекетимизде спорттың басқа түрлери сыяқлы футбол түри де жақсы раўажланып, жасларымыз Азия чемпионаты ҳәм кубокларында жеңимпазлықты қолға киргизип киятыр.

Әсиресе, 23 жасқа шекемги жасларымыздың Париж Олимпиадасы жолламасын қолға киргизиўи жоқарыда айтып өткен пикиримиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Наманган ўәлаятында мәмлекетимздиң барлық аймақларынан келген командалар қатнасыўында  «Спорт мектеплери футбол лигасы»ның финаллық басқышы болып өтти.

Онда табыслы қатнасқан республкамыздың жас футболшылары ярым финалда тийкарғы қарсыласы есапланған Наманган ўәлаяты командасын 4:3 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ал, финалда болса, командамыз ағзалары Ташкент ўәлаяты командасын 4:0 есабында жеңип шығып, республикамыз тарийхында туңғыш рет «Спорт мектеплери футбол лигасы»ның чемпионы атағына миясар болды.

Командамызды бул жарысқа Ислам Уснатдинов ҳәм Хамид Ешниязовлар таярлады.

Жақында усы жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы футбол ассосациясы басшылары тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды ҳәм командамыз ағзларына естелик саўғалар тапсырылды.



-Усы жылдың январ айында 17 жасар футболшыларымыз футзал бойынша Өзбекстанда алтын медальды ийелеп, спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөлеген еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы футбол ассосациясы вице-президенти Исҳақ Ибрагимов.-Әсиресе, командамыз дәрўазаманы Мерей Жарылқасыновтың бул жарыста «Ең жақсы дәрўазаман» номинациясын жеңип алыўы, жас футболшыларымызға айрықша мотивация болды. Алдағы ўақытлары бул футболшыларымыздан үлкен үмитлер күтип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы