Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген “Жас журналистлер” клубы Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте жумыс алып бармақта.

Президентимиздиң 2022-жыл 27-июньдағы “Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған бағдарламада ғалаба хабар қуралларының дөретиўшилик жумысларын, юбилей жасларын белгилеп атырған устаз журналистлерди материаллық ҳәм мораллик жақтан қоллап-қуўатлаў менен бирге “Жас журналистлер” дөгереклерин шөлкемлестириў, жасларға журналистика сырларын үйретип киятырған тараў пидайыларын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылған.

Усы жылдың февраль айында университетте шөлкемлестирилген “Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда  ҳақыйқатлықты қалыс сәўлелендириў: бүгинги жағдай, таллаў ҳәм усыныслар” атамасындағы регионаллық конференция шеңберинде Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Халмурат Салимов, “Жаңа медиа тәлим орайы”ның директоры Беруний Алимов клуб жаслары менен ушырасты. Онда мәмлекетимизде дөретиўши жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылып, “Устаз-шәкирт” дәстүри,  ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда  мәлимлеме тарқатыў мәселелери сөз етилди.

3 май–Дүнья жүзилик баспасөз еркинлиги күни  университетте журналистика қәнигелеги шөлкемлестирилгенлигиниң 40 жыллығы, усы қәнигеликти 1989-1994-оқыў жылында питкергенлердиң  30 жыллығы мүнәсибети менен  “Үш әўлад ушырасыўы” илажы өткерилди. Ушырасыў шеңберинде “Жас журналист-2024“ таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды. Онда клуб жумысларына бир жыл даўамында белсене қатнасқан студентлер “Ең жақсы баспасөз материалы”, “Ең жақсы радио материалы”, “Ең жақсы телевидение материалы”, “Ең жақсы қосық”, “Ең жақсы гүрриң”, “Ең жақсы интернет материалы” номинациялары бойынша хошаметленди.

–Ҳәр ҳәпте белгили журналистлердиң қатнасында өткерилип атырған семинар ҳәм шеберлик сабақларының темалары түрлише,–дейди “Жас журналистлар” клубының басшысы,  филология илимлериниң кандидаты,  доцент Зыяда Қожықбаева. –Атап айтқанда,“Журналист Атажан Халмуратовтың дөретиўшилигине штрихлар”, “Жадид баспасөзиниң тарийхы”, “Балалар  журналистикасы ҳәм Дариха Үббиниязованың журналистлик дөретиўшилиги”,  “Радиожурналистиканың өзине тән өзгешеликлери”,  “Телевидениеде хабар бағдарламаларын таярлаў технологиясы”, “Фотожурналистикада репортаж таярлаўдың сырлары”,   “Журналист Шарап Уснатдиновтың шеберлик мектеби”,  “Депутат Назира Матякубова менен ушырасыў”, “Интернетте фейк хабарларды қалай анықлаймыз?”, “Мақала қалай жазылады?” темаларындағы ушырасыўлар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Клуб ағзалары бүгинги күни тек республикамыздағы ғалаба хабар қуралларында емес, ал “Севимли”, “Ренесанс”, “МY5” телеканалларында жумысларын даўам етпекте. Олар тез пәт пенен раўажланып баратырған бүгинги дәўирде жаңа идея ҳәм умтылыслар менен жаңалықлар жаратыўға ҳәрекет етпекте. Онда клубта алған тәжирийбеси олардың жумысында жәрдем берип атырғаны устазларды қуўандырады.

Клуб ағзалары 27 июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамына таярлықлар көрмекте. Байрам мүнәсибети менен түрли илажлар өткериў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги