Байрам мүнәсибети менен Мәҳәллелер ассоциациясы  Қарақалпақстан Республикасы Басқармасында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасыўында илаж шөлкемлестирилди.

Онда Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығы С.Турманов республикамызда ғалаба хабар қуралларында жумыс алып барып атырған хызметкерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи. “Мәҳәлле жетилик”лериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўдағы илажларды ғалаба хабар қуралларында кең түрде сәўлеленирип киятырған тараў белсендилерине  “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги