«Биз ушын Павел ҳәм оның жақынларын миймандос Өзбекстан диярында қабыл етиў ҳақыйқый мақтаныш.

Олардың барлығы жоқары дәрежедеги өз жумысының шеберлери болып ғана қалмай, ал дүньяға қәлби ашық болған әжайып инсанлар екенине исеним пайда етиў өзгеше жағымлы сезим болып табылады.

Ташкент, Бухара ҳәм Самарқанд қалалары қалдырған тәсирлер ҳәм Telegram пайдаланыўшылары менен сәўбет оларға жаңа технологиялық шешимлерди жаратыўға илҳам береди деп үмит етемиз. Буған жүдә аз пурсат қалғанына исенемен», — деди Отабек Умаров өзиниң рәсмий бетинде.

Мағлыўмат ушын, Павел Дуров әйне пайытта Өзбекстандағы саяхатын жуўмақлап Қазақстанға жөнеп кетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги