Әмиўдәрья районы спорт мектебинде “Жаслар айлығы” мүнәсибети менен қол урысы бойынша ҳәким сыйлығы ушын район ашық бириншилиги болып өтти.
Жарыста 10 жастан 15 жасқа шекемги 100 ден аслам спортшы қатнасты.
Қол урысы спорт түри халқымыз, әсиресе жаслар, әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў хызметкерлери арасында кеңнен ен жайып, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қәнигели кадрлар, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бүгинги күни районның спорт мектебинде 2400 спортшы спорттың 18 түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Соның ишинде, қол урысы бойынша жарысларда район жаслары сыйлы орынларды қолға киргизбекте.
“Ҳәким кубоги” ушын жарыста 10-11 жас аралығында Жаҳоншер Абдурасулов, Беҳрузбек Фарҳадов, Фазылбек Йўлдошев ҳәм Ниязбек Сафарниязовлар өз салмақ категорияларында биринши орынды ийелеген болса, 12-13 жастағы спортшылар арасында Яхиббай Абатбаев, Жавоҳир Аллаяров, Артур Утегенов ҳәм Алишер Мамбетбаевлар қарсыласларынан үстин екенлигин көрсетти. Сондай-ақ 14-15 жастағы қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Улзада Утепбергенова ҳәм Азиза Сотиболдиевалар жеңимпаз деп табылды. Жарыс даўамында өткерилген профессионал беллесиўлерде Миржалол Ярашбаев ҳәм Бекнияз Айтниязовлар өз салмақ категорияларында биринши орынларды ийеледи.
Жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги