Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында 2024-2025-оқыў жылында абитуриентлерди оқыўға қабыллаў мәселелерине бағышланған баспасөз конференциясы ҳәм 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Конференцияны филиал директорының орынбасары Р.Хайдаров басқарып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-май күнги «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлар, быйылғы қабыллаўдың өзгешеликлери, ҳүжжет, имтихан тапсырыўдың тәртип-қағыйдалары, имтихан алынатуғын орынлар ҳәм басқа да қабыллаўға байланыслы өзгерислер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Конференцияда журналистлер тәрепинен абитурентлерди оқыўға қабыллаўда ушырасып атырған айырым мәселелер бойынша филиал хызметкерлерине  сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

-Өткен жылы филиалға 20 қәнигелик бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаған болсақ, быйыл және жаңадан 7 қәнигелик ашылды,-дейди бизге қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Азамат Пиримбетов.-Атап айтқанда, адаптив дене тәрбия ҳәм спорт, каратэ-ВК, таэквандо-WTF, регби, стол тенниси, мини футбол, оқжайдан оқ атыў түрлери бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланды. Усындай жаңа қәнигеликлердиң ашылыўы республикамызда денетәрбия ҳәм спорттың еле де раўажланыўына кең имканият жаратады.

Сондай-ақ, илажда ғалаба хабар қуралларының мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды, соның менен бирге, филиал турмысында жүз берип атырған жаңалықларды, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы илажларды кең түрде сәўлелендириўдеги мийнетлери айрықша атап өтилип, тараў пидайыларына оқыў орны директорының Миннетдаршылық хатлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы