Шымбай районлар аралық экономикалық судының усы жыл 25-марттағы қарары тийкарында қарыздар Әмиўдәрья районындағы “Qaraqalpaqstan Agro Klasteri” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен өндириўши “Dauit-Sayi-Dala” фермер хожалығының пайдасына жәми 406,4 миллион сум өндириў белгиленген.

Усы қарарға муўапық шығарылған орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен ҳәм бөлим хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилген. Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжетин тәмийинлеў мақсетинде қарыздар  “Qaraqalpaqstan Agro Klasteri” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң  банк есап бетине  электрон инкассо қойылған ҳәм қарыздарға тийисли 2 көшпес мүлки ҳәм 9 автотранспорт қуралына бәнт салынған.

Усының нәтийжесинде қарыздардан өндирилиўи тийис болған 406 миллион сумнан аслам қарыздарлық усы жылдың 3 июнь күни толығы менен өндириўши “Dauit-Sayi-Dala” фермер хожалығының есап бетине өткерип берилип, фермердиң бузылған ҳуқықы тикленди.

         Қарақалпақстан хабар агентлиги