Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан ўәкиллери қатнасты.

Қатнасыўшылар ҒМДА мәмлекетлеринде ислеп атырған пуқаралардың социаллық ҳуқықларын қорғаў мәселелерин додалады.

Усы комиссия ағзасы, Өзбекстан омбудсманы Ф.Эшматова комиссия ағзаларын миграция тараўындағы нызамшылықты халықаралық  ҳуқық нормаларынан келип шығып жетилистириў ҳәм мигрантлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў механизмлерин беккемлеў мақсетке муўапық екенлигин билдирди.

Миграция тараўындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм мигрантларың ҳуқықларын қорғаў мәселелери ҒМДА мәканында жүдә әҳмийетли екенине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, мигрантлардың ҳуқықлары менен миннетлемесин анықлаў ҳәм классификациялаў бойынша инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық миннетлемелерге сай бирдей көзқарасларды қәлиплестириў, миграция тараўындағы көплеген узақ ўақыттан берли машқала болып келген мәселелерди шешиўге жәрдемлесиў мүмкин екенлигине исеним билдирилди.

Қазақстан пайтахты Астана қаласында 2022-жылы октябрь айында болып өткен саммит жуўмақлары бойынша ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшылары “ҒМДАның инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясы ҳаққында”ғы жаңа режени қабыл еткен. ҒМДАның Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының жумысы жолға қойылған. Комиссияның биринши мәжилиси 2023-жылы 29-ноябрьде Минск қаласында болып өткенин еслетип өтемиз.

                                                                                              ӨзА