Соңғы ўақытлары елимизде туризмди раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Шет елли мийманлар ҳәм туристлик кәрханалардың республикамыздағы тарийхый орынларға деген қызығыўшылығы да күн сайын артып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Гүлбахар Изентаева Башқуртстанның “Хазина Тур” туристлик кәрханасы баслығы Комил Сирожиддинов пенен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп Қарақалпақстанның бай туристлик потенциалы ҳәм жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында мийманларға кеңнен мағлыўмат берип өтилди. Буннан соң, келешекте Башқуртстан ҳәм Татарстан Республикаларынан елимизге туристлер ағымын жолға қойыў мәселелери талқыланды.
Илаждан соң мийманлар ушын Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы бойлап инфотур өткерилди. Атап айтқанда, олар Мыздақхан тарийхый комплекси, Игорь Савицкий музейи, Қарақалпақ этно аўылы, “Дослық” каналы дем алыў орны ҳәм пайтахтымыздың инфраструктурасы менен танысты.
“Хазина Тур” кәрханасы 2007-жылы Уфа қаласында шөлкемлестирилген. 17 жыллық тәжирийбеге ийе болған бул кәрхана бүгинги күнде Россия қалалары, АҚШ, Тайланд, БАӘ, Тунис ҳәм Европа мәмлекетлерине саяхатларды шөлкемлестирип келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.