Кеше Германияда өткерилип атырған футбол бойынша Европа чемпионатында 1/8 финал ойынлары өз жуўмағына жетип, онда шерек финалға шыққан барлық командалар толық мәлим болды.

Мюнхен қаласындағы «Альянц-Арена»да болып өткен ойында Румыния сайланды командасы Рональд Куман басшылығындағы Нидерландия сайланды командасы менен ушырасты.

Биринши таймның дәслепки 15 минутында румынлар өз қарсыласларына басым өткерип, оларды әдеўир албыратыўға еристи.

Ал, буннан соң ушырасыў фаворити есапланған нидерландлар көбирек ҳүжимлер шөлкемлестире баслады ҳәм ойынның 20-минутында Коди Гакпо Румыния дәрўазасын анық нышанға алып есапты ашыўға миясар болды.

Ушырасыўдың екинши таймында да Нидерландия сайланды командасы өзлериниң жылдам ҳәм анық топ узатыўлары менен румынларды сасқалақлатып қойды. Бул болса, 83-минутта өз нәтийжесин берип, Мален есапты исенимли көриниске алып келди.

Ойынға қосып берилген 90+4 минутында Мален Румыния дәрўазасын және бир мәрте анық нышанға алып, ушырасыўға соңғы ноқатты қойды.

Быйылғы чемпионатта өзиниң әжайып ойынлары менен таң қалдырып киятырған Австрия бул басқышта Түркия  сайланды командасы менен ушырасып, онда 1:2 есабында жеңилип қалды. Атап айтқанда, ушырасыўдың биринши минутында-ақ, түркиялы футболшы Демирал Австрия дәрўазасына гол урып есапты ашқан болса, 59-минутта өз дублин белгилеўге еристи.

Буннан соң 66-минутта австриялы Грегорич ойындағы есапты қысқартыўға миясар болды.

Ушырасыўдың қалған минутларында есап өзгерместен қалды ҳәм Түркия сайланды командасы келеси басқышқа жол алды.

Чемпионаттың шерек финалында Түркия Нидерландияға қарсы ойын өткеретуғын болды.

Солай етип, шерек финалда Испания-Германия,

Португалия- Франция, Англия-Швейцария ҳәм Түркия-Нидерландия менен ярым финал жолламасы ушын гүреске түседи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.