Усы жылдың 26-июнь – 1-июль күнлери аралығында Россия Федерациясы Хакасия Республикасы Абакан қаласында дүнья халықларының қаҳарманлық дәстанлары атқарыўшыларының қатнасыўында «Қаҳарманлық эпосларының кешеси» атамасындағы халықаралық таңлаў болып өтип, онда НМПИ магистранты Дәўранбек Ендирбаев халықаралық таңлаўда сыйлы орынды ийеледи,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Халықаралық таңлаўға Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан, сондай-ақ, Россия Федерациясы қурамына киретуғын Алтай, Тува, Хакасия Республикаларынан жүзге шамалас шебер атқарыўшылар қатнасты.
Қуўанышлы тәрепи, таңлаўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим ҳәм көркем өнер қәнигелигиниң магистранты, жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев та қатнасып, өзиниң атқарыўшылық шеберлигин көрсетти.
Солай етип, институт магистранты халықаралық таңлаўда сыйлы екинши орынды ийеледи.
– Таңлаўда халқымыздың қаҳарманлық дәстанларын атқарып шығып, басқа халықларға танытыўға ҳәрекет еттим. Устазларым Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов ҳәм педагогика илимлериниң кандидаты Санобар Романовалар менен биргеликте халықаралық таңлаўда жоқары нәтийжелерге ерисиўге ҳәрекет етип, жақсы таярлықлар алып бардық. Буның ушын устазларымнан шексиз миннетдарман, – дейди Дәўранбек өз пикирин билдирип.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.