Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, басқарма тәрепинен быйылғы жылдың  өткен 6 айы даўамында жер қадағалаў жумыслары бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, усы дәўирде пуқаралардың жерди өзбасымшалық пенен ийелегени бойынша 1821 (243 гектар) жағдай анықланған.

– Соннан, 1099 жағдай (190 гектар) бойынша ҳуқықбузарлықлар сапластырылды,-дейди Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов. – Ал, 349 жағдай (16 гектар) бойынша суд уйымларына даўа арзасы киргизилди. Сондай-ақ, 34 жағдай (5 гектар) бойынша топланған ҳүжжетлер прокуратура уйымларына жиберилип, 373 жағдай (36 гектар) бойынша түсиник жумыслары, сөйлесиўлер алып барылып, сапластырыў илажлары көрилмекте.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.