Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июль күни Көксарай резиденциясында  рәсмий сапар менен елимизде болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў алдында БМШ Бас хаткери мәмлекетимиз басшысына Өзбекстанға  мирәт етилгени ҳәм көрсетилип атырған шын жүректен қабыллаў ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз басшысы А.Гутерриштиң республикамызға усы реттеги, екинши сапары “Өзбекстан-2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар БМШ тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғанын тастыйықлайтуғынын  атап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында глобаллық ҳәм регионаллық тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў, Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге қаратылған  биргеликтеги  жойбарларды әмелге асырыў жағдайы додаланды.

Бирге ислесиўдиң жедел пәти ҳәм мисли көрилмеген жоқары дәрежеси үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

140 биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарлар нәтийжели әмелге асырылмақта. Кейинги жыллардың өзинде Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 10 арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Жыл басынан берли БМШ Бас хаткериниң бес орынбасары Өзбекстанға келди. Өткен айда мәмлекетимиз Экономикалық ҳәм жәмийетлик кеңес (ЕСОSОС) қурамына ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң Ҳәкимшилик кеңесине сайланды. Өзбекстанның ўәкили биринши рет БМШ Инсан ҳуқықлары комитети ағзасы болды. Ташкентте БМШтың және бир арнаўлы мәкемеси – Аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша халықаралық басқармасының ўәкилханасы жумыс баслады.

Биргеликте глобаллық күн тәртибине байланыслы ири халықаралық илажлар, соның ишинде, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризмди раўажландырыў, кәмбағаллық ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм биоҳәртүрлиликти қорғаў бойынша илажлар өткерилмекте. Келеси жылы Самарқандта ЮНЕСКОның 43-бас конференциясы болып өтеди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе машқалалар бойынша да пикир алысты. Мәмлекетимиз басшысы Бас хаткердиң халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, БМШ ҳәм оның тийкарғы уйымларын реформалаў ҳәм усы жылы Нью-Йорк қаласында Келешек саммитин өткериў басламаларын исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Регионда транспорт жағынан өз-ара байланысты раўажландырыў, азық-аўқат, энергетика ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай додаланып, аўған халқына гуманитарлық жәрдемди кеңейтиў, дүнья жәмийетшилигиниң усы мәмлекетке байланыслы улыўма стратегиясын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында 2026-2030- жыллары Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша БМШ пенен бирге ислесиўдиң мақсетли бағдарын биргеликте ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА