Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы З.Турдалиев басшылығындағы жумысшы топар Нөкис қаласындағы азық-аўқат ҳәм инвестиция жойбарларын орынларға шыққан ҳалда үйренди.
Азық-аўқат ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў бағдарламасына киргизилген “KBK Arivera” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ун ислеп шығарыў заводын қурыў ҳәм “Сантехгазмонтаж” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң макарон өнимлерин ислеп шығарыў жойбары менен танысып, исбилерменлик субъектлеринде ушырасып атырған машқалаларды үйрениў менен бирге оларға келешекте өз жумысында “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режимин қолланыўдың абзаллығы да түсиндирилди.
Кейинги мәнзиллерде жуўапкерлер “Asadbek Glass Fiber” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шийше талшығын ислеп шығарыўды кеңейтиў жойбары, “NUKUS SSP TEXNOPARK” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң таяр тигиў өнимлерин ислеп шығарыў жойбары ҳәм “Bunyodkor-meros” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң карбонат ангидрид ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў процесслери менен танысты. Жойбарларды әмелге асырыўда ушырасып атырған машқалалар үйренилип, оларды әмелде шешиў илажлары көрилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги