Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен елимизде болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пайтахтымыздың Яккасарай районындағы Дилбулақ мәҳәлесинде болды.

Мәҳәлле миллий қәдириятлар орайы саналады. Көплеген қайырлы ислер, ийгиликли басламалар мәҳәллелерде, халық пенен мәсләҳәтлесилген ҳалда әмелге асырылады.

Жоқары мәртебели мийманға кейинги жыллары бул система басқышпа-басқыш раўажландырылып, енди мәҳәлле жуўапкерлери және де кең имканиятлар менен ўәкилликлерге ийе болғаны ҳаққында айтып өтилди.

Мәҳәлле басшысы, ҳәким жәрдемшиси, ҳәял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторларынан ибарат системаға салықшы ҳәм социаллық хызметкер де қосылып, “мәҳәлле жетилиги” енгизилгени атап өтилди. Олар өз аймақларында исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық-ҳуқықын қорғаўға мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелерди шешиўде биргеликте жумыс алып баратуғынлығы  атап өтилди.

Бул жерде мәҳәлледе жасаўшы, нуранийлер менен сөйлесиў болып өтти. Онда мәҳәллениң турмысы ҳәм басқарыў системасы ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ, аймақтағы киши хызмет көрсетиў ҳәм өндирислик объектлериниң жумысы менен танысып шықты.

Дилбулақта 6 мың 700 ден аслам халық жасайды. Мәҳәлледе бақша, шаңарақлық поликлиника, спорт мектеби, саўда, санаат ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс ислемекте.

Мәҳәлле уйымы жаңадан қурылған. Көп қабатлы жайлар ҳәм ишки көшелер оңланған. Аймақтан өтиўши салма бойы тәртипке келтирилип, халық сейил ететуғын орынға айландырылған. Бағлар, мийўели ҳәм саяманлы тереклер, пиядалар жоллары мәҳәллеге шырай бағышлап тур.

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш мәҳәлле мәмлекеттиң раўажланыўында әҳмийетли орын тутатуғын сийрек ушырасатуғын институт екенлигин айрықша атап өтти. Өзбекстанда халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ушын бул система имканиятларынан кеңнен пайдаланып атырғанлығын жоқары баҳалады.

ӨзА