Президент Шавкат Мирзиёевтиң  мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен елимизде болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш бүгин Олий Мажлис Сенатында болды.

Өзбекстанның БМШ ҳәм оның институтлары менен көп тәреплемели бирге ислесиўин және де кеңейтиў, глобаллық сиясат ҳәм регионаллық мәселелер бүгинги күнниң әҳмийетли темаларынан бири есапланады.

Ушырасыў даўамында Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў менен байланыслы, соның ишинде, гендер теңликке ерисиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, оларға теңдей имканиятлар жаратыў бойынша Өзбекстанда системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы, онда БМШтың усыныслары да әҳмийетли орын ийелегени айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, парламентлераралық қатнасықлардың көлеми, гендер теңлик, ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықлары, глобаллық климат өзгерислери шараятында әмелге асырыў керек болған ўазыйпаларға айрықша тоқталып өтилди.

Сондай-ақ сөйлесиў даўамында Өзбекстанның басламаларын халықаралық майданда алға қойыў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы анық усынысларды қоллап-қуўатлаўда БМШ пенен конструктивлик бирге ислесиў бойынша пикир алысты. 2017-жылдан берли мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШтың комитетлери ҳәм басқарыў уйымлары (Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес, ЭКОСОС, Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм басқалар) на ағза болғанына итибар қаратылды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Олий Мажлис Сенатындағы бул ушырасыўдан миннетдар екенин билдирип, «Орайлық Азия цивилизация орайы, ал Өзбекстан болса регионның орайы есапланады. Өзбекстан БМШтың көплеген тараўларында, атап айтқанда, ТРМды  әмелге асырыўда жолбасшы мәмлекетлерден бири. Өзбекстан менен БМШтың бирге ислесиўи айрықша орын ийелейди. Мен Орайлық Азияға биринши мәрте барғанымда, регион шашаў ҳәм жеккеленип қалған еди. Енди Президент Шавкат Мирзиёев себепли регион бирлести. Өзбекстан Республикасы  Президентиниң ақылға уғрас сиясаты себепли Орайлық Азияның көплеген машқалалы мәселелери шешилди», деп пикир билдирди.

Бул тарийхый сапар Өзбекстан ҳәм Бирлескен Миллетлер шөлкеми арасында көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Олий Мажлис Сенатының Ҳүрметли мийманлар китабына қолжазба жазып қалдырды.

                                                                                                                    ӨзА