Пайтахтымыздағы Олимпиа ҳәм паралимпия даңқ музейинде Францияның Париж қаласында июль-августь айларында болып өтетуғын  XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында қатнасатуғын Өзбекстан спорт делегациясын шығарып салыў мәресими болып өтти.

Илажда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар инсан мәплери, халқымыздың жақсы тилеклери әмелге асыўына хызмет етип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, Президентимиз тәрепинен жас әўладты физикалық ҳәм руўхый  жақтан жетик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында  тәрбиялаўға қаратылып атырған турақлы итибар өз нәтийжелерин берип атырғаны айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, спортшыларымыздың дүнья ареналарында қолға қиргизип атырған жеңислери, мәмлекетимиздиң гимни айтылып, байрағымыз бәлент көтерилип атырғаны қәлбимизге мақтаныш бағышлайды. Ҳеш қандай тараў мәмлекетти спорт сыяқлы дүньяға тез таныта алмайды. Оны Олимпиада ҳәм Азия ойынлары, дүнья ҳәм континент чемпионатларында жоқары жетискенликлерди қолға киргизип атырғаны күшли спортшыларымыздың нәтийжелери мысалында да көриў мүмкин.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Норбоева, Азия Олимпиада кеңеси вице-президенти О.Омаров, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы, Өзбекстан футбол ассоциациясы баслығы А. Азизов, Өзбекстан Республикасы спорт министри А.Икромов, Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери  О.Қосимов ҳәм басқа рәсмийлер қатнасты.

Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанның жаңа жеңислерин тәмийинлеўде спорттың орны айрықша екенлиги, елимизде денетәрбия ҳәм спорт жылдан-жылға раўажланып жаңа басқышқа көтерилип атырғаны атап өтилди. Президентимиз тәрепинен усы жылы 26-июль -11-августь күнлери аралығында Париж қаласында болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларына спортшылардың ҳәр тәреплеме таяр екенлиги ҳәм табыслы қатнасыўын тәмийинлеў ушын барлық шараятлар жаратып берилгени айтылды. Мәмлекетимиз басшысы жигит-қызларымызды турнир даўамында да қоллап-қуўатлайтуғыны мәлим етилди.

Спортшылар атынан шығып сөйлеген дзюдо бойынша жәҳән чемпионы Музаффарбек Тўрабоев, бокс бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстанның биринши жәҳән чемпионы Нигина Ўктамова Олимпиада ойынларынан жоқары жеңислер менен қайтыўға ўәде етти. Бул жеңис ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығына мүнәсип сыйлық болатуғынын атап өтти.

Илажда “Париж – 2024” Олимпиада ойынлары жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине мәмлекет тәрепинен берилетуғын сыйлық пуллары муғдары мәлим етилди. Соның ишинде, Олимпиада чемпионлары 200 мың, гүмис медаль ийелери 100 мың, бронза медаль ийелери 50 мың АҚШ доллары менен сыйлықланады.

2020-жылы өткерилген Токио Олимпиадасында 67 спортшымыз қатнасқанлығын атап өтиўимиз керек. Усы жылы “Париж – 2024” ойынларында 70 тен аслам спортшы қатнасады. Итибарли тәрепи, футбол бойынша Өзбекстан олимпиада сайланды командасы биринши рет қатнаспақта. Буннан тысқары спортшыларымыз, дзюдо, бокс, академиялық ескек есиў, көркем гимнастика, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў, жеңил атлетика, аўыр атлетика, спорт гимнастикасы, жүзиў, таэквондо (WTF), оқ атыў, еркин ҳәм грек-рим гүреси сыяқлы спорт түрлери бойынша мәмлекетимиздиң абырайын қорғайды. Олардың арасында арнаўлы жарыслар, жәҳән чемпионатлары жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери болған тәжирийбели спортшылар менен бир қатарда ең биринши рет қатнасып атырған жас спортшылар да көпшиликти қурайды.

Токиода өткен Олимпиада ойынларында бронза медалын қолға киргизген едим,- дейди дзюдо бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионы, Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси Давлат Бобонов. – Президентимиз мени “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен спорт устазы” ҳүрметли атақ пенен сыйлықлады. Быйылғы Олимпиадада әлбетте, алтын медальды қолға киргиземен. Халқымыздың исенимин ақлаў ушын бар күш-ғайратымды жумсайман.

Бул реттеги Олимпиадада екинши алтын медалымды қолға киргизип, жарқын жүз бенен қайтыўды мақсет еттим, – дейди бокс бойынша жәҳән ҳәм континент чемпионы, Азия ҳәм Олимпиада ойынлары жеңимпазы Баҳодир Жалолов. – Мәмлекетимиз тәрепинен бизге көрсетилип атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлық Олимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын бар имканиятымызды иске қосамыз.

Илажда Өзбекстан спорт делегациясының “Париж – 2024” жазғы Олимпиада ойынларындағы рәсмий ҳәм спорт липаслары көрсетилди.

Өзбекстан спорт ветеранлары кеңеси баслығы Баҳодир Махситов пәтия берип, Парижге жол алған делегациямыз ўәкиллерине ҳақ жол ҳәм әўмет тиледи. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы, белгили шайыр Нодир Жонузоқтың спортшыларымыз ҳүрметине бағышлап жазған қосығы бәршениң дыққатын тартты.

                                                                                                          ӨзА