Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 3-июль күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм «ШБШ плюс» форматындағы ушырасыўда қатнасыў ушын Астана қаласына жөнеп кетти.
Илажларда ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм шөлкемниң жумысын жеделлестириўдиң әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланады.
Өзбекстан Президенти сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.