Футбол бойынша Европа Чемпионатының ярым шерек финалында Түркия ҳәм Австрия сайланды командалары 2-июль, сийшемби күни өз-ара гүрес алып барды.
Онда Түркия командасы Демиралдың дубли есабынан қарсыласын жеңди. Түркия президенти Режеп Таййип Эрдоған миллий командасын Евро—2024 шерек финалына жол алғаны менен қутлықлады.
«Европа чемпионатында Австрияны жеңип, шерек финальға шыққан футбол командамызды шын жүректен қутлықлайман.
Жигитлеримизге чемпионлық жолында табыслар тилеймен», — деп жазды Түркия президенти өзиниң X (бурыңғы Twitter) социаллық тармағындағы бетинде.
Тренер Винченсо Монтелланың шәкиртлери кейинги басқышта Нидерландияға қарсы ойнайды.
Қарақалпақстан хабар агенлиги