Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны: парламентлераралық бирге ислесиў раўажланбақта

558

Өзбекстан Сенаты Баслығыныӊ биринши орынбасары Содиқ Сафоев Саудия Арабстаны Шўро Кеӊеси «Саудия – Өзбекстан» парламентлераралық дослық комитети баслығы Муҳаммад бин Абдулазиз Ал-Жарба басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм түрли тараўларда, атап айтқанда, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық алмасыўды және де жеделлестириўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы өз-ара бирге ислесиў тек ғана еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге емес, ал регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыўға да үлес қоспақта.

Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў көлеми кеӊейип бармақта.

М.Ал-Жарба Өзбекстанда парламент институтыныӊ жумысына жоқары баҳа берип, еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди және де кеӊейтиўге таяр екенин билдирди. Оныӊ атап өтиўинше, парламентлераралық байланыслар тек ғана сиясий қарым-қатнасты емес, ал экономикалық , мәдений ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди де раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Сөйлесиў барысында еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар, атап айтқанда, БМШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлер шеӊберинде избе-из раўажланып баратырғаны айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме ҳәм парламентлераралық байланысларды және де кеӊейтиўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА