Өзбекстанлы район ҳәм қала ҳәкимлеринен ибарат делегация Германияда тәжирийбе арттырмақта

619

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги мәмлекетлик хызметкерлердиӊ маманлығын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратпақта.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Ханнс Зайдель қоры ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) пенен биргеликте гезектеги маманлық арттырыўға қаратылған сапар шөлкемлестирилди.

Бир топар район ҳәм қала ҳәкимлеринен ибарат делегация Германияныӊ Бавария федерал аймағына барды.

Мақсет – Германияда мәмлекетлик пуқаралық хызмети, атап айтқанда, жергиликли басқарыў системасы менен танысыў, инвестицияларды тартыў, киши бизнести қоллап-қуўатлаў, коммуникация ҳәм қурылыс тараўларында өз-ара тәжирийбе алмасылды.

Сапардыӊ биринши күнинде делегация ағзалары Ханнс Зайдель қорыныӊ Бас хаткери Оливер Ёрг, Мюнхен районы ҳәкими Кристофер Гобел ҳәм Жоқары Бавария Саўда-санаат палатасыныӊ Халықаралық, санаат ҳәм инновациялық мәселелери бөлиминиӊ Орайлық Азия бойынша жуўапкер хызметкери, доктор Ютта Албрехт ханым менен ушырасты.

Маманлық ҳәм тәжирийбе алмасыўға қаратылған хызмет сапары даўам етпекте.

Н.Абдураимова, ӨзА