Усы жылдың 26-июль күни Франция пайтахты Париж қаласында XXXIII жазғы Олимпиада ойынлары болып өтеди.
Бул жарысқа пуқта таярлықлар көрип атырған футбол бойынша Өзбекстан олимпия сайланды командасының бас тренери Тимур Кападзе Парижде өткерилетуғын ойынларға алып кетилиўи режелестирилген үш жасы үлкен футболшылардың атларын кең жәмийетшиликке мәлимледи.
Оның сөзлерине қарағанда, сайланды командамыз U-23 жас категориясынан үлкен футболшыларға берилетуғын лимиттен толық пайдаланады ҳәм Элдар Шомуродов, Астан Ўрунов ҳәм Ҳусниддин Алиқуловларды Парижге алып кетеди.
Ал, «Ал-Ваҳда» клубында ойнап атырған Ҳожимат Эркинов Олимпиадаға қатнаса алмайтуғын болды. Казанның «Рубин» клубы болса, Умарали Раҳмоналиевтиң Олимпиадаға қатнасыўына рухсат бермеди. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан футбол ассосациясы «Рубин» басшылары менен сөйлесиўлердиң екинши басқышын алып бармақта.
Москваның «ЦСКА» клубы устазы Марко Николич Аббосбек Файзуллаевтың Олимпиада ойынларына қатнасыўына қарсы емеслигин билдирген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.