Жаслар күни алдынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарларына муўапық, жигерли, билими ҳәм потенциалы менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлеси қосып атырған бир топар белсенди жаслар «Келажак бунёдкори» медалы ҳәм «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған еди.
28-июнь күни Көксарайда мине, усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында жигит-қызларды Жаслар күни менен қутлықлап, меҳир-итибарын билдирди.
– Мәмлекетимиз жасларының жетискенликлери, мақсет ҳәм режелери менен жақыннан танысып, шексиз күш ҳәм илҳам аламан. Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша қандай үлкен имканиятларға ийе екенимизди сезинип, қуўанаман, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бүгин турмыстың ҳәр бир тараўында – мәмлекетлик басқарыўда, экономикада, илим ҳәм билимлендириўде, спорт ҳәм мәдениятта жасларға айрықша итибар қаратылмақта. Олий Мажлис палаталары жанында Жаслар Парламентлери жумыс алып бармақта. Елимиздеги ҳәр бир шөлкемде жаслар ислери бойынша кеңесгөйи жумыс ислемекте.
Мәмлекет ҳәм жәмийет заманагөй билим ҳәм технологияларды ийелеген, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик жаслар менен қүдиретли. Сол себепли билимлендириў системасы түп-тийкарынан раўажландырылмақта. Президент мектеплери, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплер, жоқары оқыў орынлары жетик кадрларды тәрбиялаўға хызмет етпекте. IT-парк, креатив парк ҳәм технопарклерде, мәденият ҳәм спорт дәргайларында ул-қызлар сүйикли шынығыўлары менен шуғылланып, қәбилетин жүзеге шығармақта.
Бул шараятлардан үнемли пайдаланған жаслар илим, спорт, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа да тараўларда үлкен жетискенлерге ерисип, Жаңа Өзбекстанды дүнья жүзине танытпақта.
Тек ғана өткен оқыў жылында 55 оқыўшымыз математика, химия, биология, физика ҳәм информатика бойынша абырайлы халықаралық олимпиадаларда 8 алтын, 15 гүмис, 32 бронза медальларын қолға киргизген.
Мәденият ҳәм көркем өнер бойынша абырайлы халықаралық таңлаўларда болса жасларымыздан 383 и бас сыйлықты, 1 мың 400 ге шамаласы 1-орынды ийелеген.
Кейинги 2 жылда спортшыларымыз халықаралық жарысларда 900 ден аслам алтын, 550 ден аслам гүмис, 731 бронза медальларын қолға киргизди. Жақында Қатарда өткен футбол бойынша Азия кубогинде сайланды командамыз Өзбекстан тарийхында биринши рет Олимпиада жолламасын алыўға миясар болды.
– Сизлер мине, усындай нәтийжелериңиз бенен жаңа тарийх жаратып атырсызлар. Халқым қолға киргизип атырған үлкен жетискенликлер менен бирге, бул нәтийжелер Жаңа Өзбекстан тарийхына, Үшинши Ренессанс тарийхына айланатуғынына исенимим кәмил, – деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясаты халықаралық көлемде тән алынбақта. Мәселен, өткен жылы Жаслар раўажланыў индексине бола, Өзбекстан жаслар сиясаты тараўында ең тез раўажланып атырған мәмлекетлерден бири, деп тән алынды. Жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға, әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўге кеңнен тартыў бойынша 60 тан аслам басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен мақулланды.
Усы күнлерде әййемги Самарқанд қаласында Пүткил дүнья жүзи жаслары фестивалы болып өтпекте. Бул да халықаралық тән алыўдың және бир көриниси екени атап өтилди.
Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев жасларға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.
– Бүгинги жетискенликлериңиз – узақ жолдың басланыўы. Мәмлекеттиң шараят жаратыўы, кимге дур жәрдем бериўи мүмкин. Бирақ келешегиңиз тек ғана өз қолыңызда. Бул жолда барлық жасларымызды қоллап-қуўатлап, арзыў-нийетлериңизде табыслар тилеймен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сыйлықланғанлар жоқары исеним ҳәм итибар, жасларға жаратылып атырған имканиятлар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди, оқыў ҳәм жумысларында және де үлкен нәтийжелерге ерисип, халқымыздың исенимин ақлайтуғынын атап өтти.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, зиялылар, ата-аналар қатнасты.
ӨзА