Бас прокуратура жанындағы департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда   сырт елге оқыўға жибериўди ўәде еткен  пуқара усланды.

Атап айтқанда пуқара И.Ж. пуқара Э.Х.ге 1 мың 500 АҚШ долларына Сербия яки Болгария мәмлекетлеринде жумыс ислеў ушын виза алып бериўди ўәде етеди. Соннан 500 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги